Көп тәреплемели бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери додаланды

257

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 23-январь күни Европа Кеңеси Президенти Антониу Кошта менен болып өткен телефон арқалы сөйлесиўинде еки тәреплеме ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер көрип шығылды.

Өзбекстан Президенти Антониу Коштаны Европа Кеңесиниң басшысы лаўазымына сайланғаны менен шын жүректен қутлықлап, оған үлкен табыслар тиледи.

Соңғы жыллары Өзбекстан менен Европа Аўқамы арасында көп тәреплемели бирге ислесиў жоқары дәрежеге көтерилгени ҳәм барлық әҳмийетли бағдарларда жедел раўажланып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Ҳәр түрли дәрежедеги жедел сөйлесиўлер ҳәм алмасыўлар алып барылмақта. 2024-жылы Өзбекстанның Европа Аўқамы мәмлекетлери менен товар алмасыў көлеми 6 миллиард евродан асты, Европа компаниялары менен жойбарлар портфели 30 миллиард евроға жетти.

Өткен жылы оғада әҳмийетли минерал ресурслар тараўын стратегиялық шериклик ҳаққындағы келисимге қол қойды. Транспорт ҳәм санлы өз-ара байланыслылық, «жасыл» экономика, мәденият ҳәм басқа да бағдарларда нәтийжели бирге ислесиў алып барылмақта.

Өзбекстан Республикасы ҳәм Европа Аўқамы арасында Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге тез арада қол қойылыўы өз-ара қатнасықлардың пүтин комплексин раўажландырыўға үлкен түртки болатуғынына исеним билдирилди.

Өзбекстан жетекшиси ҳәм Еврокеңес басшысы халықаралық күн тәртиби ҳәм регионаллық бирге ислесиў мәселелери бойынша да пикир алысты. Усы жылдың апрель айында Самарқанд қаласында «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» биринши саммитине таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша бирликтеги режелер додаланды.

ӨзА