Өзбектан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен Қарақалпақстан Республикасындағы мәдений мәкемелердиң жумысларын комплексли раўажландырыў, мәденият ҳәм көркем өнер тараўында әмелге асырылған жумысларды кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде тараў пидайылары, қәнигелери ҳәм көркем өнер ғайраткерлериниң қатнасыўында республикамызда пресс-тур өткерилмекте.

Илаж Нөкис қаласындағы Жаслар орайында Өзбекстан Республикасы Мәденият министри Озодбек Назарбековтың көркем өнер тараўы бойынша билим алып атырған студент ҳәм оқыўшы-жаслар, талантлы жаслар, мәмлекетлик сыйлық ийелери ҳәм степендиантлар, халықаралық таңлаўлардың жеңимпазлары менен ушырасыўдан басланды.

Атап өтилгениндей, соңғы жети жылда Қарақалпақстан Республикасында бир қатар жаңа мәденият ҳәм көркем өнер дәргайлары бой тикледи.

Атап айтқанда, Мойнақ, Хожели, Елликқала, Шымбай районларында 150 орынлық балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери ҳәм Нөкис қаласында Опера ҳәм бақсышылық көркем өнерине қәнигелестирилген мектеп-интернаты жаңадан қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.

Мойнақ, Бозатаў, Шымбай, Қоңырат районларында амфитеатр имараты, инвестициялық бағдарлама тийкарында Республика көзи әззилер китапханасы тазадан қурылды.

Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театры ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик Қуўыршақ театры да жаңадан қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.

Соның менен бирге, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекет музыкалы театрына “Академиялық театр” статусы берилди.

Мәденият объектлерин қурыў, реконструкциялаў, оңлаў, қайта тиклеў мақсетинде, 2017-2024-жылларда 15 мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелери жаңадан қурылды, 10 мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелери реконструкцияланды ҳәм 18 мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелери ири оңлаўдан шығарылып, заманагөй  үскенелер менен тәмийинленди.

Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасында жәми 99 мәденият мәкемеси болып, соннан, 3 мәмлекетлик ҳәм 1 жеке меншик театрлары, 5 концерт шөлкемлери, 60 мәденият орайы, 3 қәнигелестирилген мәденият ҳәм көркем өнер мектеби ҳәм мектеп интернаты, 24 балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери, 2 жоқары билимлендириў мәкемелери, 1 республикалық көзи әззилер китапханасы және оның 9 филиалы жумыс ислеп турыпты.

Ушырасыў даўамында министр жаслар қашан жәмийетимиздиң раўажланыўы ушын бирлесип бел байласа, оларды жеңе алатуғын күш жоқ екенин атап өтип, жаратылған шараятлардан утымлы пайдаланып, елимиз ушын зәрүр кадр, кәмил инсан болып жетилисиўи кереклигин атап өтип, баҳалы мәсләҳәтлерин берди.

Өз гезегинде жаслардың да пикир-усыныслары тыңланып, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Пресс-тур бойынша белгиленген илажлар даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги