Тақыятас районында сектор басшылары ҳәм жаслар ушырасыўы болып өтти. Онда Тақыятас районы ҳәкими Камилжан Айтбаев, сектор басшылары, Жаслар ислери агентлиги Орайлық аппараты қәнигеси Шахзад Қаюмов ҳәм районның белсенди жаслары қатнасты.
Ушырасыўда сектор басшылары тәрепинен жаслардың пикир-усыныслары тыңланды. Түрли тараўларға қызығыўшы жаслар өзлериниң 10 нан зыят мүрәжатлерин, қызықтырған сораўларын сектор басшыларына жоллады. Сектор басшылары келген мүрәжатлерди қадағалаўға алып, тийисли жуўапкерлерге сол ўақыттың өзинде тапсырмалар берди.
-Жаслар бизиң келешегимиз, бүгин әмелге асырып атырған ийгиликли ислеримиздиң даўамшылары, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ушын биз бар күш-жигеримизди аямаймыз,-деди район ҳәкими өз сөзинде.
Ушырасыўда жасларға мийнеттен қашпаўы, бүгинги тыныш заманымыздың қәдирине жетип, елимиздиң раўажланыўына өз үлеслерин қосыўы, әзелден ата-бабаларымыздың кәсип-кәри болған дийқаншылық пенен шуғылланыўы кереклиги айтып өтилди. Сол арқалы жаслар өзлериниң бәнтлигин тәмийинлеў, шаңарағына қосымша дәрамат табыў мүмкиншилиги бар екени түсиндирилди.
Ушырасыў соңында жаслар тәрепинен жолланған ҳәр қандай мүрәжат тийисли тәртипте үйренилип шығылатуғыны да айрықша атап өтилди. Өз гезегинде жаслар да оларға жаратылып атырған кең имканиятлардан дурыс пайдаланып, мәмлекетимиздиң раўажланыўына өз үлесин қосатуғынлығын атап өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги