Реновацияның есабынан жерден пайдаланыў нәтийжелилиги 4-5 есеге артады, коммуникация қәрежети 2 есеге азаяды.

Тийкарғысы, бул арқалы усы аймақтағы адамлардың дүньяқарасы өзгереди, турмыс тәризи түп-тийкарынан жақсыланады, саўда-сервис, жумыс орны көбейип, экономика раўажланады.

Бул бағдарда Жиззақ, Марғилан, Қоқанд,  Шаҳрисабз, Қаршы қалалары, Дослық ҳәм пайтахт районларында жумыслар жақсы басланғаны атап өтилди. Олардың тәжирийбесин барлық аймақларда ен жайдырыў кереклиги, авариялық жағдайдағы ески жайларда жасап атырған адамлар буны күтип отырғаны көрсетип өтилди.

Реновация тийарында быйыл 20 мың квартираның қурылысын шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги