Соңғы үш жылда физикалық тәреплер көп қабатлы турақ жай қурыў ушын аукционнан 47 гектар жер сатып алған, бирақ көбисинде қурылыс басланбаған

146

Қурылысқа потенциаллы девелоперлерди кеңнен тартыў мақсетинде ендигиден былай көп қабатлы турақ жай қурыў ушын жерлер аукционда тек ғана ҚҚС төлеўши юридикалық тәреплерге сатылыўы белгиленди.

Ҳәзирги күнде 14 мың 775 көп қабатлы турақ жайларға тийисли  жер мүлк ийесине бириктирилмегени ушын басқарыў-сервис компаниясы хызмет көрсетиўи керек болған аймақлардың шегарасы анық емес.

Жуўапкерлерге бул турақ жайларға тийисли жерлердиң шегарасын белгилеў ҳәм ийесине бириктириў тапсырылды.

Девелоперлер турақ жайды тапсырыўдан алдын сервис компаниялары менен шәртнама дүзиўди, оларды оқытыўды шөлкемлестириўин, қурылыс қәрежетлериниң 2 процентин турақ жай әтирапында жасыл аймақ жаратыўға бағдарланыўын нызам менен беккемлеў керек екенлиги атап өтилди.