«Жаңа Өзбекстан» массивлерин қурыў бойынша пүткиллей жаңа система жолға қойылады

270

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында ипотека бағдарламасы шеңберинде 2024-жылы әмелге асырылған жумыслар ҳәм 2025-жыл ушын режелерди додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

«Жаңа Өзбекстан» массивлерин қурыў бойынша пүткиллей жаңа система жолға қойылатуғыны атап өтилди.

Енди «Жаңа Өзбекстан» массивине берилген жер бойынша жойбарлаўды 2 айдан, қурылысты баслаўды 3 айдан арттырыўға жол қойылмайды. Бул талап бузылса, жер қайтарып алынып, қайта аукционға шығарылады.

Жойбар экспертизасын он бес күннен өткерип жиберген шөлкемлердиң лицензиясы тоқтатып қойылады.

Қурылыста «эскроу» системасы енгизилмекте. Бул система девелоперлерге ҳәзиргиден төменирек ставкада қаржы тартыў имканиятын береди. Әҳмийетлиси, девелоперлерди қаржыландырыў жай салыў менен бирге басланады ҳәм даўам етеди.

Пуқаралар болса қурылыс басынан ипотека ҳәм субсидия алыў соның менен бирге жай питпей турып та басқа адамға сатыў имканиятына ийе болады. Усылайынша менен жай сатып алыўшылар кепилликли қорғалады.

ӨзА