Мәжилисте барлық ҳәкимлер ҳәм қурылыстың халықтың абаданлығы ушын қаншелли әҳмийетли екенлигин түсинип жетпей атырғаны көрсетип өтилди
219

Өткен жылы турақ жай қурылысында Ташкент қаласы, Наўайы, Бухара, Хорезм ҳәм Самарқандта жумыслар жақсы шөлкемлестирилгени айтылды.
Бирақ «Жаңа Өзбекстан» массивлериндеги жумыслардың барысы қанаатландырарсыз екени атап өтилди.
Қарақалпақстан, Жиззақ ҳәм Сырдәрьяда болса инфраструктура ҳәм қурылысшылар менен ислесиўге немқурайдылық пенен қаралған. Хорезмде 98, Бухарада 65, Жиззақта 19, Наўайыда 12 аукционда сатып алынған жерде қурылыс басланбаған.
Айырым квартиралар халық ҳәм инфраструктурадан узақ, талап болмаған орында қурылғаны ушын бир жылдан берли сатылмай атыр.
Қарақалпақстан хабар агентлиги