Пиллешилик тараўында Қытай менен бирге ислесиў раўажланбақта

142

Пилле жетистириў ҳәм жүн санаатын раўажландырыў комитетиниң баслығы Иқболжон Эргашев Қытайдың Ҳэбэй ўәлаятында жайласқан «Runfeng Cashmere Products Co., Ltd.» компаниясы баслығының орынбасары  мырза Цуй ҳәм оның жәмәәтин қабыл етти.

Ушырасыў даўамында еки тәреплеме бирге ислесиў мәселелери додаланды. «Runfeng Cashmere Products Co., Ltd.» ўәкиллери Өзбекстанда жүнди терең қайта  ислеў санаатының шынжырын жаратыў, таяр өним ислеп шығарыў ҳәм оны басқа  мәмлекетлерге экспорт етиў бойынша усынысты алға қойды.

Комитет баслығы Иқболжон Эргашев бул усынысты қоллап-қуўатлаў, әмелге асырыў бойынша зәрүр жәрдем  көрсетиўге таяр екенин атап өтти.

Гулноза Бобоева, ӨзА