«Ҳүрметли донор» ға БЕМниң 15 есеси муғдарында хошаметлеўлер бериледи (+видео)

Нызам жойбарына шолыў
Мәмлекетимизде халық арасында бийғәрез донорлық мәдениятын қәлиплестириў, донорлық ҳәрекетин кең жәмийетшиликтиң қатнасыўында раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Қан донорларына сапалы хызмет көрсетиў ҳәм олар ушын қолайлы шараятлар жаратыў, қан менен ислесиў хызмети мәкемелерин жоқары технологиялық үскенелер менен тәмийинлеў бойынша комплексли илажлар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, қан ҳәм қан препаратларын ислеп шығарыўды және де күшейтиў мақсетинде донорларды қоллап-қуўатлаў, оларға берилетуғын жеңилликлерди нызам дәрежесинде беккемлеў жүдә әҳмийетли.
Усы мақсетте ислеп шығылған нызам жойбары менен «Өзбекстан Республикасы ҳүрметли доноры» көкирек белгиси менен сыйлықланған шахсларға бир қатар жеңилликлер берилмекте. Бул ҳаққында Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Гулнора Абдувоҳидова толық айтып берди.
Депутаттың атап өтиўинше, «Өзбекстан Республикасы ҳүрметли доноры» көкирек белгиси менен сыйлықланған шахсларға олар ушын қолайлы болған ўақытта ҳәр жылғы мийнет дем алысына шығыў, қала транспортының барлық түрлеринен (жөнелисли ҳәм жөнелиссиз таксилерден тысқары,) қалалараралық транспортлардан бийпул пайдаланыў ҳуқықы берилмекте.
Сондай-ақ, санаторий-курортларда емлениў ушын жолламаларды гезексиз алыў ҳуқықы нәзерде тутылмақта. Буннан тысқары, оларға базалық есаплаў муғдарының 15 есеси муғдарында хошаметленип барылады.
ӨзА