ЕЧЛ. Беллесиўдиң кейинги басқышына шыға алмаған 9 команданың аты анық болды

Футбол бойынша Чемпионлар Лигасы улыўма басқышының 7-тур ойынлары 21-22-январь күнлери болып өтти. Бул нәтийжелер тийкарында Европаның ең абыройлы турниринен мүддетинен алдын шығып кеткен клублар анық болды.
Солай етип Исапияның «Жирона», Сербияның «Срвена Звезда», сондай-ақ, Австрияның «Red Bull Zalsburg» ҳәм «Штурм» командалары жети ойыннан кейин имканиятын жоғалтты. Буннан тысқары, Чехияның «Спарта» (4 упай) ҳәм Италияның «Болоня» (5 упай) клубы да кейинги басқыш ушын гүрес алып бара алмайды.
Мағлыўмат ушын, декабрь айының өзинде «Янг Бойс», Братиславаның «Слован» ҳәм «Лейпциг» клублары турнирдиң дәслепки алты ойынында жеңилип гүрести даўам еттириў имканиятын жоғалтқан еди.
Чемпионлар Лигасы улыўма топар басқышының кейинги тур ойынлары 30-январь күни болып өтеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги