Жумысшы топардың көшпели қабыллаўлары даўам етпекте

Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен Қарақалпақстан Республикасында пуқаралардың машқалаларын үйрениў ҳәм шешимин табыў бойынша дүзилген республикалық жумысшы топар ағзалары тәрепинен гезектеги көшпели қабыллаў Қанлыкөл районында өткерилди. Қабыллаўда Мойнақ, Қоңырат, Қанлыкөл, Шоманай ҳәм Хожели районларынан келген пуқаралардың мүрәжатлери республикалық сектор ҳәм министрликлердиң басшылары тәрепинен тыңланып, орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Онда Өзбекстан Республикасы Жоқары суды, Бас прокуратура, Ишки ислер министрлиги, Әдиллик министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги, Орайлық банк, Бажыхана басқармасы, Салық комитети, Кадастр агентлиги ҳәм басқа да мәкемелердиң басшылары қатнасты.

Өткерилген қабыллаўда суд-ҳуқық системасына байланыслы мүрәжатлер, медициналық жәрдемлер көрсетиў, социаллық қоллап-қуўатлаў, билимлендириў, бәнтлик, мәҳәллелердеги инфраструктура, банк кредитлери, қурылыс жумыслары ҳәм басқа да бир қатар мәселелер бойынша мүрәжатлер билдирилди.

Гезектеги көшпели қабыллаў бүгин Шымбай районы Жаслар орайы имаратында (Тахтакөпир, Қараөзек, Шымбай, Бозатаў, Кегейли районларының пуқаралары ушын), сондай-ақ, 24-январь күни Нөкис қаласындағы «Моно орай»да (Нөкис қаласы, Нөкис ҳәм Тақыятас районларының пуқаралары ушын) өткериледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги