Швейцарияның «Tecan» компаниясының ўәкиллери менен ушырасыў өткерилди

224

Фармацевтика тараўының тийкарғы негизлеринен бири лабораториялар болып табылады. Олар дәри препаратларының сапасын, қәўипсизлигин ҳәм нәтийжелилигин тәмийинлеўде, сондай-ақ, инновациялық раўажланыўда шешиўши роль атқарады.

Кейинги жыллары Өзбекстанда фармацевтика тараўын раўажландырыў, илимий-изертлеўдиң потенциалын арттырыў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў бағдарында әҳмийетли қәдемлер тасланбақта.

Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигиниң директоры Абдулла Азизов Швейцарияның «Tecan» компаниясының ўәкиллери менен ушырасты.

Ушырасыўда бул компания Орайлық Азия бойынша «Zalma» кәрханасының ўәкиллери менен R&D лабораториясын үскенелеў, лабораториялардың концепциясын үйрениў ҳәм концепцияға қайсы лабораториялар киргизилиўи мәселелери додаланды.

Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигиниң мағлыўматларына қарағанда, компания ўәкиллери R&D лабораториялары ушын үскенелер ҳәм өнимлер менен танысты. Тәреплер келешекте қәнигелерди тартып, видеоконференц байланыс арқалы ушырасыў өткериўге ҳәм бирге ислесиўге келисип алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги