Трамп инауграциясынан соң Си Цзиньпин ҳәм Путин видеобайланыста болды

253

ҚХР жетекшиси Си Цзиньпин ҳәм РФ президенти Владимир Путин Дональд Трамп ант еткенинен бир неше саат өтип, видеоқоңыраў арқалы сөйлести. Бул ҳаққында «ВВС» жазбақта.

Цзиньпинге «әзиз достым» деп мүрәжат еткен Путин Россия ҳәм Қытай сыртқы басымларға қарамастан, дослық, өз-ара исеним ҳәм қоллап-қуўатлаў тийкарында байланысларды даўам еттирип атырғанын атап өтти.

Өз гезегинде, Си Цзиньпин де стратегиялық муўапықластырыўды тереңлестириў, өз-ара жәрдемди күшейтиў ҳәм нызамлы мәплерди қорғаўды даўам еттириўге шақырды.

Ҳәзирги ўақытта Трамп Пекинге тарифлер қойыў менен қәўип туўдырып, ҚХР рәсмий ҳүкиметин «бузғыншы» деп атады ҳәм егер Москва Украинадағы келиспеўшиликти сапластырыў бойынша келисимге ериспесе, «үлкен машқала» пайда болатуғынын ескертти.

Мусулмон Зиё, ӨзА