Қазақстан Россияға дипломатиялық нота жоллады

441

Қазақстан Қытайдан Европаға кетип атырған 20 жүк машинасының Россия шегарасында бажыхана блокадасы менен байланыслы жағдай себепли РФға дипломатиялық нота жиберди.

Қазақстан бас министриниң орынбасары Серик Жумангарин депутатлардың «Қазақстан жүк машиналары неге Россия шегарасы арқалы Европаға өткерилмегени» ҳаққындағы сораўына жуўап берди.

Жумангаринниң айтыўынша, Россияның жаңа қағыйдаларына бола, мәмлекет аймағы арқалы Европа Аўқамы, АҚШ ҳәм Украинаға ушыўшысыз ушыў аппаратлары, әскерий кийимлер, генераторлар, аккумуляторлар ҳәм басқа да өнимлер экспорты шекленген.

Жумангаринниң қосымша етиўинше, Россия бул өзгерислер ҳаққында Қазақстанды хабардар етпеген. Қазақстанның Москвадағы елшиханасы машқаланы шешиў ушын Россия СИМға нота жиберген.

Бас министрдиң орынбасары Евроазия экономикалық аўқамының қағыйдаларына бола, бажыхана аймағында услап турылған товарлар декларантқа қайтарылыўы керек екенлигин еслетти. Және оның атап өтиўинше, бул мәселе келеси ҳәптеде Алма атада болып өтетуғын  Евроазия экономикалық аўқамы ҳүкимет басшылары кеңеси мәжилисинде еки тәреплеме ҳәм көп тәреплеме тийкарда додаланады.

Г.Сатторова, ӨзА