«Tata Steel Chess-2025» қызғын өтпекте

211

Ҳәзирги күнлери дүнья шахмат жанкүйерлериниң дыққаты Нидерландияның Вейк-ан-Зее қаласында өткерилетуғын «Tata Steel Chess-2025» жарысына қаратылған десек асыра айтқан болмаймыз. Дүньяның ең күшли шахматшылары қатнасып атырған бул турнирдиң «Мастерс» топарында Нодирбек Абдусатторов, «Челленжер»инде болса, Нодирбек Якуббоев сыйлы орынлар ушын гүрес алып бармақта.

Кеше өткерилген төртинши тур беллесиўлеринде Абдусатторов Азия чемпионы, усы жарыстың әмелдеги жеңимпазы қытайлы Вей И менен теңбе-тең ойнады.

Биринши турда Абдусатторов пенен теңбе-тең ойнағаннан кейин избе-из 3 турда жеңиске ерискен ҳиндстанлы Рамешбабу Прагнанандҳа 3,5 упай менен турнирде жеке кәрўанбасы болып алды.

Ал, Нодирбек Абдусатторов болса, 3 упай топлап, 2-орынды ийелеп тур.

Тилекке қарсы,  «Челленжер» топарында қатнасып атырған Нодирбек Якуббоев 4-турда да жеңилиске ушырады.

Төртинши турдан соң Якуббоев 1,5 упай менен 10-орынды ийелеп келмекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы