Сырт еллерге кетерде алданып қалмайық

Адам саўдасы пүткил дүнья мәмлекетлериниң баслы машқалаларының бири есапланып, оның қурбанларының дерлик басым көпшилигин ҳаял-қызлар ҳәм балалар қурайды. Мәмлекетимизде адам саўдасына қарсы гүресиўге байланыслы бир қанша ислер әмелге асырылып келинбекте.
Атап айтқанда, «Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамы ҳәм басқа да нормативлик ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилип, 2003-жылы Өзбекстан БМШ тың 1949-жыл 2-декабрьдеги «Адам саўдасы ҳәм жынысый бузықшылықтың үшинши шахслар тәрепинен ислетилиўине қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Конвенциясына қосылды.
2008-жылы болса, адамлар, соның ишинде, ҳаял-қызлар ҳәм балалар саўдасының алдын алыў ҳәм бул қылмыс ушын жазалаў ҳаққындағы, БМШтың трансмиллий бирлескен жынаятларға қарсы гүресиў ҳаққындағы Протоколы ратификацияланды ҳәм соның менен адам саўдасы бойынша кең жәмийетшиликке мағлыўмат бериў, оның қурбанларына жәрдемлер бериў, сондай-ақ, ҳуқық қорғаў уйымларының жумысларын және де жеделлестириўге қаратылған бағдарламаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм өткериў арқалы алдын алыў миннетлемелери алынды.
Адам саўдасы жынаяты оғада қәўипли ҳәм инсан қәдирин кемситиўши түри есапланады. Оның кемситиўши тәрепи соннан ибарат, яғный, бул жынаят қуллыққа уқсас болып келеди ҳәм инсанларды товар көринисинде сатыў жолы менен дәрамат табыў менен байланыслы болады. Бул көпшилик жағдайларда бала саўдасы ҳәм ҳаял-қызлардан жынысый бузықшылық мақсетлеринде пайдаланыўында өз көринисин табады.
2024-жылдың сентябрь айында жынаят ислери бойынша Елликқала районы судында көрип шығылған жынаят кодексиниң 135-статьясы тийисли бөлимлери менен айыпланған судланыўшы Э.З. ҳәм басқалардың қарсысындағы жынаят исин буған айқын мысал ретинде көриўимизге болады.
Атап айтқанда, судланыўшылар Э.З. ҳәм басқалар жәбирлениўши Ш.К.ны Таиланд мәмлекетине жиберип, оннан үшинши шахслар менен жынысый қатнасқа түсириў жолы арқалы материаллық байлық арттырыўды мақсет етеди ҳәм Ш.К ның пластик картасына Ташкент-Бангкок жөнелисине авиабилет пулларын таслап береди. Соңынан оны Таиландқа Э.З.ның жынайый шериги И.Х. жәрдеминде алып баратырғанында, И. Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында ҳуқық қорғаў уйымы ўәкиллери тәрепинен иркиўге алынады.
Нәтийжеде бул пуқараларға суд тәрепинен жынаят кодексиниң 135-статьясы тийисли бөлимлери менен жаза шарасы қолланылды.
Жоқарыдағы жағдайлардан көринип турғанындай адам саўдасы жынаятының көпшилик бөлеги алдаў жолы менен әмелге асырылады. Солай екен, пуқаралардың бул бағдардағы ҳуқықый билимлерин еле де жетилистириў ҳәм бул иллетке қарсы гүресиўде ҳуқық қорғаў уйымлары менен бирге барлық мәкеме, шөлкемлер бирге ислесиўи, сондай-ақ, келешегимиз болған жасларымыздың ертеңги келешеги ушын зәрүр шараятлар жаратыўда белсене қатнасыўымыз лазым.
О. Мауленов,
Жынаят ислери бойынша
Тахтакөпир районлық судының баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги