Жумысшы топардың көшпели қабыллаўлары өткерилмекте

Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен Қарақалпақстан Республикасында пуқаралардың машқалаларын үйрениў ҳәм оның шешимин табыў бойынша республикалық жумысшы топар дүзилип, бул бағдарда орынларда көшпели қабыллаўларды шөлкемлестириў бойынша ўазыйпалар белгиленген еди. Беруний районында Әмиўдәрья, Беруний, Төрткүл ҳәм Елликқала районларынан келген пуқаралар ушын республикалық сектор ҳәм министрликлер менен шөлкемлердиң басшылары тәрепинен мүрәжатлерге, халықты қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў бойынша көшпели қабыллаў өткерилди.

Онда Өзбекстан Республикасы Жоқары суды, Бас прокуратурасы, Ишки ислер министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги, Орайлық банк, Бажыхана басқармасы, Салық комитети, Кадастр агентлиги ҳәм басқа да мәкемелердиң басшылары қатнасты. Өткерилген қабыллаўда суд-ҳуқық системасына байланыслы мүрәжатлер, медициналық жәрдемлер көрсетиў, социаллық қоллап-қуўатлаў, билимлендириў, бәнтлик, мәҳәллелердеги инфраструктура, банк кредитлери, қурылыс жумыслары ҳәм басқа да бир қатар мәселелер бойынша мүрәжатлер билдирилди.

Қабыллаўда пуқаралар тәрепинен билдирилген мүрәжатлерге орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлер қадағалаўға алынып, тез күнде унамлы шешимин табыў ушын тийисли илажлар көриў белгиленди.
Еслетип өтемиз, гезектеги көшпели қабыллаў 22-январь күни Қанлыкөл районында (Мойнақ, Қоңырат, Қанлыкөл, Хожели районларының пуқаралары ушын), 23-январь күни Шымбай районы Жаслар орайы имаратында (Тахтакөпир, Қараөзек, Шымбай, Бозатаў, Кегейли районларының пуқаралары ушын), сондай-ақ, 24-январь күни Нөкис қаласындағы «Моно орай»да (Нөкис қаласы, Нөкис ҳәм Тақыятас районларының пуқаралары ушын) өткериледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги