Пуқаралар ушын бийпул медициналық тексериў шөлкемлестирилди

237

Мәмлекетимизде халықтың саламатлығын сақлаў бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумыслар даўам етпекте.

Бүгин Нөкис районы ҳәкимлиги ҳәм денсаўлықты сақлаў министрлигиниң басламасы менен район халқының денсаўлығын беккемлеў, наўқаслығы болған пуқараларға медициналық жәрдем бериў мақсетинде көп тармақлы поликлиникада пуқаралар медициналық тексериўден  өткерилди.

Медициналық тексериўлер даўамында кеселлиги анықланған пуқараларға амбулатор  шараятта емлениўге усыныслар, зәрүрлерине районлық емлеўханаға емлениў ушын жоллама берилди. Соның менен бирге пуқараларға бийпул  дәри-дәрмақлар  тарқатылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги