Нызам жойбарын екинши оқыўға шекем қайтарып алыў ҳуқықы берилмекте

Ҳәр тәреплеме жетилистирилген нызамлардың қабыл етилиўи халықтың абаданлығын арттырыў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўге тийкар болады. Бунда пуқаралардың жәмийетлик додалаўлар процесине қатнасыўы ҳәм билдирген пикирлери, усынысларының да есапқа алыныўы үлкен әҳмийетке ийе.
Ендигиден былай нызам жойбарларын Нызамшылық палатасына киргизиўде оның ҳуқықый экспертизадан өткерилген нәтийжелери, коррупцияға қарсы экспертизасы ҳәм сол бойынша өткерилген жәмийетлик долалаў нәтийжелерин усыныў талабы белгиленбекте.
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде нызам жойбарларын Нызамшылық палатасының додалаўына киргизиў ҳәм көрип шығыў тәртибин жетилистириўге қаратылған нызам жойбары екинши оқылыўда көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, жоқарыдағылар менен бирге, нызамшылық басламасы ҳуқықы субъектине өзи киргизген нызам жойбары екинши оқылыўда қабыл етилгенине шекем Нызамшылық палатасына усыныс киргизиў арқалы оны шақырып алыў ҳуқықы берилмекте.
– Сондай-ақ, нызамларға ведомстволық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер нормаларын жоқары юридикалық күшке ийе болған нызам ҳүжжетлерине өткериўди, әҳмийетлилигин жойытқан нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлери бийкар етилиўин тәмийинлеўге қаратылған қосымшалар да киргизилмекте, – деди депутат Дилдора Камилова. – Бул нызам жойбарының қабыл етилиўи нызамшылық басламасы ҳуқықы субъектлериниң нызам дөретиўшилиги тараўындағы жумысының сапасын арттырыўға, пуқаралар, пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм исбилерменлик субъектлери ўәкиллерин жәмийетлик долалаўларға кеңнен тартыўға, нызамлардың жәмийетлик қатнасықларды тәртипке салыўдағы ролин беккемлеўге хызмет етеди.
Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы