Өзбекстан – Япония: қатнасықларды беккемлеў жолында

227

Бүгин Японияның Халықаралық бирге ислесиў агентлиги (JICA) президенти, доктор Акихико Танака басшылығындағы делегация Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университетине барды.

Ушырасыўда Олий Мажлис Сенаты Баслығының биринши орынбасары, ЖЭДУ ректоры Содиқ Сафоев ҳәм япониялы мийманлар билимлендириў бағдарламалары, студентлер, оқытыўшылар алмасыўы, сондай-ақ, турақлы раўажланыў менен байланыслы глобал машқалаларды шешиўге қаратылған бирге ислесиў жойбарларын додалады.

Илаж көлеминде JICA басшысы ЖЭДУдиң Ҳүрметли докторы атағы менен сыйлықланды.

Мәртебели мийман «Турақлы глобал раўажланыў машқалалары ҳәм халықаралық бирге ислесиў перспективасы» темасында студентлерге баянат жасап, глобал шақырықлар, соның ишинде, климат өзгериўи, экономикалық теңсизлик сыяқлы машқалаларды шешиўде мәмлекетлердиң бирликтеги ҳәрекети әҳмийетли екенин атап өтти.

Мусулман Зиё,

ӨзАның хабаршысы