Қамаққа алынғанлар дәслеп мәжбүрий медициналық тексериўден өткериледи
325

Нызамшылығымызда адамды тергеў қамақханасына орналастырыўдан алдын оны тергеў қамақханасының өзинде мәжбүрий медициналық тексериўден өткериў тәртиби белгиленбекте. Медициналық тексериў даўамында адамның денесинде жарақат ҳәм зыянланыўлар анықланған жағдайда дәрҳал прокурорға хабар берилиў тәртиби орнатылмақта.
Бул тәртипти өзинде сәўлелендирген нызам жойбары адамды қыйнаў жағдайларының алдын алыўға қаратылған болып, ол Нызамшылық палатасының мәжилисинде екинши оқылыўда көрип шығылды.

Додалаўлар ҳәм сораў-жуўаплардан соң нызам жойбары депутатлар тәрепинен қабыл етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги