Урыс қатнасыўшысының жағдайынан хабар алынды

Инсан мәплери оның қәдир-қымбаты қәдирленген елимизде халқымыздың абадан турмысы ҳәм тынышлығы ушын үлес қосқан ҳүрметли нуранийлеримиз бәрқулла қәдирленип, оларға айрықша итибар көрсетилип келинбекте.
Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 33 жыллығы ҳәм 14-январь –Ўатан қорғаўшылары күни байрамы мүнәсибети менен ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси хызметкерлери, Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси депутаты Бийсенғалий Утениязов ҳәм партия хызметкерлери фронт артында хызмет еткен мийнет ветераны Қадирбай Нармановтың шаңарағында болды.

Мийнет ветеранын байрам менен қутлықлап, Ўатан ушын ислеген хызметлерин атап өтти.
Нураный ата партия хызметкерлерине миннетдаршылық билдирип, оларға тынышлықты қәдирлеў, ел-журтқа хызмет етиўи кереклигин айтып, пәтиясын берди.
Амангүл Есемуратова, ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси Жәмийетшилик пенен байланыслар, мәлимлеме сиясаты ҳәм үгит-нәсият ислери бөлими баслығы

Қарақалпақстан хабар агентлиги