Қайсы мәмлекетлер ядро апатшылығынан аман қалыўы мүмкин?

204

Risk Analysis журналында Жаңа Зеландияның Отаго универсиитети илимпазлары ядролық урыс жүз берген жағдайда ўақыялардың кейинги раўажланыўы қалай болатуғынын шамалап көргени жазылады. Изертлеўге қарағанда бундай урыстан санаўлы мәмлекетлер ғана аман қалыўы мүмкин.

Изертлеўшилердиң пикиринше, аман қалыўда аўыл хожалығын сақлап қалыў әҳмийетли фактор болып, атом бомбалар жарылғанда атмосфераға 150 тереграммға шекем қурым шашылып қуяшлы күнлер саны  кескин қысқарады. Бир неше жыллар даўамында аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў 80 процентке шекем қысқарып, бул арқа ярым шарда жасаўшылар ушын апатшылық болыўы мүмкин. Ядролық апатшылық шараятында жасап қалыў имканияты айырым атаў ҳәм ярым атаўларда ғана, яғный Австралия, Жаңа Зеландия, Исландия, Вануату ҳәм Сулайман атаўларында сақланып қалыўы мүмкин, делинеди хабарда.

Қарақалпақстан хабар агентлиги