Трамп қандай ўәде бермекте?

191

Дональд Трамп Ақ үйге қайтты. Өзиниң инаугурациясында 47 – президент Америка ушын жаңа «алтын әсир» ўәдесин берди.

Ол иммиграция ҳәм экономика мәселелерине айрықша итибар қаратты – сораўнамаларға бола, өткен жылы америкалы сайлаўшыларды ең көп тәшўишлендиргени, әне усы мәселелер еди. Ол, сондай-ақ,  ҳүкимет тәрепинен алға қойылып атырған ҳәр түрлилик бағдарламаларына шек қойыўға ўәде берди және АҚШтың рәсмий сиясаты тек ғана еки жынысты: ер ҳәм ҳаялды тән алатуғынын атап өтти.

Өз тәрепдарлары алдында сахнада Трамп 10 ға шамалас пәрманға қол қойды. Олардың арасында АҚШтың Климат бойынша Париж келисими ҳәм ЖДСШ дан шығыўы, сондай-ақ, өзинен алдыңғы Жо Байден дәўириндеги 78 пәрман ҳәм бийликти бийкарлаў ҳаққындағы ҳүжжетлер бар.

Қарақалпақстан хабар агентлиги