«Tata Steel Chess-2025»де Абдусатторов жетекшилик етпекте
176

Нидерландияның Вейк-ан-Зее қаласында шахмат бойынша «Tata Steel Chess-2025» турнири болып өтпекте.
Бул абырайлы жарыстың «Мастерс» топарында Нодирбек Абдусатторов, «Челленжер» топарында Нодирбек Якуббоев сыйлы орынлар ушын гүрес алып бармақта.
Кеше өткерилген 3-тур ойынында Абдусатторов нидерландиялы шахматшы Макс Вармердамды жеңип, 2,5 упай менен қосымша көрсеткишлер бойынша турнирде жетекшилик етпекте.

Ал, «Челленжер» топарында қатнасып атырған Нодирбек Якуббоев болса, 3-турда чехиялы Нгуен Тай Дай Ванға жеңилип қалды ҳәм ҳәзирги ўақытта ол 1,5 упай менен 7-орынды ийелеп тур.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы