Қазақстан Өзбекстанға картошка экспортын шекледи

238

Қазақстан ҳүкимети Өзбекстанға картошка экспортын 6 ай мүддетке шекледи.

«Бул ишки базардағы баҳаларды турақластырыўға қаратылған», – деп хабар берди Қазақстан бас министри баспасөз хызмети.

Атап өтиўинше, Қазақстанға қоңсы мәмлекетлер, атап айтқанда, Өзбекстан тәрепинен картошкаға болған талап артып атырғаны ҳәм экспорт баҳаларының жоқары екенлиги себепли оның өзине түсер баҳасы 1,5 есеге  (411 мың тоннадан 605 мың тоннаға шекем) артқан. Соның ишинде, өткен ҳәптеде экспортқа бағдарланған ислеп  шығарыўшылар арасында баҳалардың кескин артатуғыны (170 тенгеден 270 тенге шекем)  атап өтилген.

«Бул илаж ЕАЭА мәмлекетлерине байланыслы емес, бирақ бул бағдардағы экспорт та қадағаланады», – делинеди хабарда.

Қарақалпақстан хабар агентлиги