Умра ҳәм ҳажыға барыўшыларға шаншылыў мәжбүрий болады

233

2025-жыл 1-февральдан баслап Саудия Арабстаны барлық саяхатшылар, соның ишинде, Умра ямаса Ҳажыға баратуғын зыяратшылар ушын мәжбүрий шаншылыў талабын енгизбекте.

Еки ҳәм оннан үлкен жастағы ҳәр бир адам ушын менингитке қарсы шаншыў сертификатын бериўди талап ететуғын бул илаж үлкен диний жыйналыўлар ўақтында халықтың саламатлығын тәмийинлеў ҳәм жуқпалы кеселликлер тарқалыўының алдын алыўға қаратылған.

Тетравалент менингококға қарсы вакцина Саудия Арабстанына кетиўден кеминде 10 күн алдын алыныўы керек. Бул талап тек ғана зыяратшыларға емес, ал Саудия Арабстанына туристлик ямаса визалары менен кириўши барлық саяхатшыларға да тийисли. Қәўип жоқары мәмлекетлерден келгенлер ушын қосымша сақлық илажлары да көрилиўи мүмкин.

Онда туризм агентликлери саяхатшыларды таярлаўда шешиўши роль атқарады. Олар бул жаңа талапқа тез бейимлесиўи ҳәм қарыйдарларды әмелдеги денсаўлықты сақлаў қағыйдалары ҳаққында хабардар етиўи зәрүр болады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги