Өзбекстан-ЮНЕСКО: мәденият ҳәм илим жолындағы бирге ислесиў беккемленбекте

220

ЮНЕСКОның Париждеги бас резиденциясында Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры баслығы Гаянэ Умерованың ЮНЕСКО бас директоры орынбасары Гариэла Рамос пенен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыў даўамында Әбиў Райхан Беруний атындағы ЮНЕСКО-Өзбекстан халықаралық сыйлығы хызметин жолға қойыў ҳәм биринши сыйлықлаў мәресимин ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы шеңберинде Самарқандта өткериў мәселелери додаланды.

Сондай-ақ, ЮНЕСКОның гендер теңлик мәселелери бойынша директоры Бегония Ласагабастер менен өткерилген жумысшы ушырасыўларда ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеў, олардың мәденият, билимлендириў ҳәм социаллық басламалардағы қатнасыўы сыяқлы әҳмийетли мәселелер додаланды.

«Өзбекстан-2030» стратегиясы шеңберинде мәденият, көркем өнер ҳәм санлы технологиялар тараўларында ҳаял-қызлардың роли ҳаққындағы басламалар көрсетилди. Креатив тараў тармақларында ҳаяллар жетекшилигин раўажландырыў, олардың санлы орталықтағы қатнасы, сондай-ақ, мәденият тараўында кәсиплик жетикликке ерисиўи ушын шараятлар жаратыў бойынша жойбарлар ҳаққында сөз етилди.

Өзбекстан жасалма ерк-ықрар технологияларына таяр екенлиги ҳаққындағы ЮНЕСКО есабаты, мәмлекетимиздиң ЮНЕСКО Жаслар әнжуманындағы қатнасыўы ҳәм ЮНЕСКОның бас резиденциясында «Өзбекстан-Уллы Жипек жолы кесилиспесинде» көргизбесин шөлкемлестириў басламаларына айрықша итибар қаратылды.

ӨзА