Ташкенттен Қазанға ушқан самолёт дрон ҳүжимлери себепли басқа аэродромға қонды
213

Red Wings авиакомпаниясының Ташкенттен Қазанға ушқан самолёты дәслеп қала аймағында жәрияланған пәрўазлар қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын қолланатуғын жабық аспан режими («Ковёр») себепли аэропорттан 80 километр узақлықта айланып турған, деп жазбақта хabaruz.
Аймақта Украина дронлары ҳүжимлери күтилип атырғаны себепли бул аэропортқа самолётлардың кирип шығыўына шеклеўлер енгизилген. Жәрияланған әскерий режимге бола самолётлар ҳаўа бослығын дәрҳал босатыўы – айрықша қоныўды әмелге асырыўы ямаса жабық аймақты тәрк етиўи керек болғаны себепли Ташкенттен Қазанға WZ-1512 рейсти әмелге асырыўшы Red Wings жолаўшы самолёты Самарадағы альтернатив аэродрмға қондырылған, делинбекте хабарда.
Қарақалпақстан хабар агентлиги