Өзбекстанда 23-24-январь күнлери ҳаўаныӊ температурасы -13 дәрежеге шекем суўыйды

215

«Өзгидромет»тиӊ мәлим етиўинше, Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятларында кешки ўақытлары -13 дәрежеге шекем, мәмлекеттиӊ басқа аймақларында -7  дәрежеге шекем суўық болады.

22-23-январь күнлери Республиканыӊ дерлик барлық аймақларында жаўын-шашын (жаўын қарға айланыўы) күтилмекте.

Ҳаўаныӊ температурасы ҳәптениӊ ақырына барып, әсте-әсте және көтерилип баслайды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги