Дилназ Мурзатаева қола медалын жеңип алды
206

Алдын хабар бергенимиздей, 17-19-январь күнлери Бахрейн мәмлекетиниң пайтахты Манама қаласында қылышласыў спортының шпага түри бойынша жаслар арасында жәҳән кубоги басқышы болып өтти.
Бул жарыста сайланды команда қурамында қарақалпақстанлы Дилназ Мурзатаева Азиза Ҳамидова ҳәм Санам Назаровалар менен бирге, командалық беллесиўлерде табыслы қатнасып, қола медалын жеңип алыўға миясар болды.
Ал, жарыстың сыйлы 1-2-орынларын Түркия ҳәм Гонконг сайланды командасының қызлары ийелеўге еристи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы