Аўыр жүк машиналары айдаўшылары Германияға жумысқа жибериледи
231

Миграция агентлиги, Германияның SBH West GmbH ҳәм «Ватанпарвар» шөлкемлери арасында үш тәреплеме бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.
Еки мәмлекет миграция тараўында биринши мәрте әмелиятқа енгизилип атырған бул келисим нәтийжесинде 700 жерлесимиз жүк машиналары, автобус ҳәм локомотив айдаўшысы сыпатында Өзбекстан аймағында немис тилине оқытылып, «Ватанпарвар» шөлкеминде кәсипке қайта таярлаў курсларында маманлығын арттырады ҳәм Германияға тиккелей жумысқа жибериледи. Ис ҳақылары айына 2400-2600€ қурайды.
Мүрәжат ушын: 1282, 71 202-33-55(10/17).
Еслетип өтемиз, алдын немислер Өзбекстан пуқараларын Германияға жумысқа мирәт етип атырғаны ҳаққында хабар берилген еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги