Нигерия рәсмий түрде БРИКС пенен бирге ислесиўши -мәмлекет статусын алды

162

Нигерия расмий түрде  БРИКС пенен бирге ислесиўши -мәмлекет статусын алғаны ҳаққында шөлкемге басшылық етип атырған Бразилия сыртқы ислер министри баянат берди, деп хабар береди xabar.uz.

2024-жыл 22-24-октябрь күнлери Казанда өткерилген БРИКС саммитинде шөлкемге ағза мәмлекетлердиң жаңа категориясына тийкар салынған: Беларусь, Боливия, Куба, Малайзия, Таиланд, Уганда, Өзбекстан ҳәм Қазақстан БРИКСтиң дәслепки бирге ислесиўшилерине айланған еди. 2025-жылдың 6-январында Индонезия БРИКСке толық ағза болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги