Дем алыў бағларында қурылысларды бийкарлайтуғын нызам жойбары қабылланды

69

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде халықтың мәдений-турмыслық талапларын қанаатландырыў ҳәм дем алыўы ушын пайдаланылатуғын жерлерди қорғаўды күшейтиўге қаратылған нызам жойбары екинши оқыўда статьяма-статья көрип шығылды.

– Мәмлекетимизде экология ҳәм қоршаған орталық қәўипсизлигин күшейтиў, экологиялық жағдайды жақсылаў, климат өзгерислериниң алдын алыў ҳәм оған ийкемлесиў, терекликлерден ақылға уғрас пайдаланыў, халықтың мәдений дем алыўы ушын шараятлар жаратыў мәселеси мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди, – деди депутат Х.Ғаффоров. – Сондай-ақ, тереклер ҳәм путалардың кесилиўине мораторий жәрияланып, пүткил мәмлекет көлеминде “Жасыл мәкан” улыўмамиллий жойбары шеңберинде арнаўлы бир жумыслар әмелге асырылмақта. Сондай-ақ, жаңа мәдений дем алыў орынлары қурылмақта. Бирақ, мәмлекет мүлки есапланған улыўма пайдаланыўдағы дем алыў бағлары, сейил ететуғын орын ҳәм терекликлер аймағында имаратларды қурыў әмелияты кеңейип баратырғаны себепли көп жыллық тереклердиң кесилиўи, қоршаған орталықтың патасланыўы ақыбетинде халықтың ҳақлы наразылығына себеп болмақта.

Бул нызам жойбарында мәмлекет мүлки есапланған ҳәм халықтың мәдений-турмыслық талапларын қанатландырыў ҳәм дем алыўы ушын пайдаланылатуғын жерлерди яки олардың бир бөлегин меншиклестириў ямаса басқаша тәризде ажыратып алыў, бул жерлерде имаратларды қурыў (жеңил түрдеги объектлерден тысқары) яки бар имаратлардың қурылыс майданларын кеңейтиў, сондай-ақ, бул жерлердиң аймағын қысқартыў қадаған етилмекте.

Баянатшы нызам жойбарын екинши оқыўға таярлаў даўамында жуўапкер комитет тәрепинен бир қатар мәжилислер, семинарлар өткерилгени, оларда депутатлар берген барлық усыныслар терең талқыланып, тийкарлы деп табылғаны жойбар текстинде көрингени ҳәм ҳүжжет ҳәр тәреплеме толық пуқта жағдайға келтирилгенин атап өтти.

Атап өтилгениндей, нызам жойбарының қабыл етилиўи “жасыл”, көкелемзар зоналарды қорғаў, халықтың мәдений дем алыў орынлары қәўипсизлигин күшейтиў, экология ҳәм қоршаған орталықтың жақсыланыўына хызмет етеди.

Нызам жойбары статьяма-статья көрип шығылып, депутатлар тәрепинен қабылланды.

 

Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзА хабаршысы