Дүньяның ең жақсы авиакомпаниялары анықланды (топ-10)

201

Skytrax консалтинг компаниясы дүньяның ең жақсы авиакомпанияларын анықлады. Рейтинг жетекшиси – «Қатар ҳаўа жоллары».

Qatar Airways төмендеги бағдарларда жетекши:

  • жолаўшыларға жаратылған қолайлық;
  • тағамлар;
  • самолёт бортында ўақытты кеўилли өткериў;
  • сервис;
  • ҳаўа кемелери парки, компания самолётларының орташа жасы бес жыл.
  • Екинши орын берилген Singapore Airlines табыслы «қарыйдарлар ушын сервиске садықлық» пенен түсиндирилди. Авиакомпанияның арзан хызмет көрсететуғын Scoot деп аталған сыңар компаниясы бар.
  • «Бронза»ға ылайық көрилген Emirates самолётлары 152 жөнелисте пәрўаз етеди. Компанияның тийкарғы хабы – Дубай аэропорты.

«Бул Qatar Airways ҳәм Singapore Airlines хабларынан да үлкен» делинеди хабарда.

Топ 10:

  1. Qatar Airways (Қатар);
  2. Singapore Airlines (Сингапур);
  3. Emirates (БАӘ);
  4. АNA All Nippon Airways (Япония, мәмлекеттиң 72 жыллық тарийхқа ийе ең ири авиакомпаниясы);
  5. Cathay Pacific Airways (Гонконг);
  6. Japan Airlines (Япония)
  7. Turkish Airlines (Түркия)
  8. EVA Air (Тайван)
  9.   Air France (Франция);

10.Swiss International Air Lines (Швециария, Lufthansa Group (Германия) қурамындағы авиакомпания)

Қарақалпақстан хабар агентлиги