Видеоселекторда берилген тапсырмалар шеңберинде мәжилис болып өтти

161

Хабарыңыз бар, усы жылдың 16-январь күни Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында инвестицияларды кеңнен тартыў ҳәм экспортты арттырыў бағдарындағы жумыслардың нәтийжелилиги бойынша видеоселектор мәжилиси болып өткен еди. Усы мәжилисте билдирилген усыныслар ҳәм тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде  Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры А.Реймовтың басшылығында мәжилис болып өтти.

Мәжилисте университеттиң барлық проректорлары, факультет деканлары ҳәм кафедра баслықлары қатнасты. Онда Президентимиз тәрепинен белгиленген тийкарғы ўазыйпалардың университет дәрежесинде әмелге асырылыўы, билимлендириў ҳәм илим бағдарларында инвестицияларды тартыў имканиятлары, сондай-ақ, экспорт потенциалына ийе изертлеўлер менен қолланбаларды кеңейтиў бойынша илажлар толық додаланды.

Атап айтқанда, халықаралық бирге ислесиўди және де кеңейтиў, инновациялық жойбарларды алға қойыў, сондай-ақ, илимий-технологиялық қолланбаларды қаржыландырыў арқалы университеттиң улыўма потенциалын арттырыў, соның менен бирге, сырт ел жоқары оқыў орынлары менен биргеликтеги грантларды әмелге асырыў ҳәм илимий жумыс нәтийжелерин әмелиятқа енгизиў бойынша ўазыйпалар белгиленди. Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қ.Шарипов қатнасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги