Елликқалада жаңа Мәмлекетлик хызметлер орайы пайдаланыўға тапсырылды

102

Президентимиздиң «Халыққа мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң миллий системасын түп-тийкарынан реформалаў илажлары ҳаққында»ғы 5278-санлы пәрманына бола Елликқала районы орайында Мәмлекетлик хызметлер орайының қурылысы жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылды.

Жаңа объектти қурыў ушын пәрман менен 3,7 миллиард сум қаржы ажыратылып, заманагөй көринистеги имарат бой тикледи ҳәм халыққа сапалы мәмлекетлик хызметлер көрсетилиўине тийкар жаратылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги