Бүгин Мойнақ районында да балалар ушын арналған байрам илажы өткерилип, райондағы амфитеатр жанында орнатылған шырша әтирапында оларға Президент саўғалары тапсырылды.
Илажға әменгерлик ҳәм қәўендерликке алынған 3-14 жастағы балалар мирәт етилди.
Мойнақ районы ҳәкими Б.Меңлибеков ҳәм Санлы технология министрлиги Аймақлық секторының баслығы Т.Баекеев балаларды ҳәм олардың қәўендерлерин жаңа жыл байрамы менен қутлықлады.
Соң сектор басшылары менен биргеликте Президентимиздиң саўғалары тапсырылып, район ҳәкимлиги тәрепинен шөлкемлестирилген байрам саўғалары майыплығы болған балаларымызға салтанатлы түрде тапсырылды.
Байрам шырайлы етип безелген шырша әтирапында Аяз ата менен Қар қызының шығыўлары ҳәм концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.