«Сүйексиз қыз» Жансулыў рекордты және өзи жаңалады
226

Республикамыздың Тахтакөпир районында жасаўшы 17 жасар қызы Жансулыў Татлымуратова өз денесин тисинде услап турыў бойынша 2 мәрте Гиннестиң рекордлар китабынан орын алған. Дәслепки рекорд буннан төрт жыл алдын орнатылған болса, екинши рекордты усы жылы және өзи жаңалады.
«3 жасымнан баслап гимнастика менен шуғылланаман. Буны ең биринши анам үйде интернет арқалы үйретип баслады. Тисте турыў бойынша көп мәрте шынығыўлар иследим. Бул рекордлар қатарына қосылғанымды ең биринши анам айтты», – дейди қаҳарманымыз Жансулыў.

Гимнастикашы қыз дәслепки мәрте 2021-жылы өз денесин 12 минут услап турып рекордлар китабына кирген болса, кейинги рекордты 13 минут 1 секунд турып және өзи жаңалады.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы