Қыздың қырық шырағы болар…

184

(Гүрриң)

Гүлшийра бүгин күндегиден ерте турды. Таңда бир-еки саат көзи илингени болмаса оңлы уйқылап та жарымады. Жасы қырықтан өткеннен  соң адамның уйқысы да қашып, бурынғыдай болмайды екенсең.  Түнлерде оянып кетсе, ҳәр қыйлы ойлардың басына барып, өз ойлары өзин жеп,  өткен өмирине наразы болып, жылап-сықлайды. Бүгинде солай болды. Орнынан турды да, қасында жатырған инисиниң кишкене балаларын оянып кетпесин деп, әсте ғана тысырлатпай сыртқа шықты. Дәлиз тым-тырыс. Қораздың қышқырғанына бир сааттай ўақыт өткен болса да ҳеш ким еле уйқысынан тура қоймаған. Келинниң турыўына еле бираз ўақыт бар. Оны ерте турып, шай қойып, хызмет етеди деген үмити қашшан-ақ сөнип болған…

Аўылдың ҳаўасы өзгешеғо. Таза. Тойып-тойып тереңнен дем алсаң, тап көкирегиң пүткил дүньяның кислороды менен тойынғандай боласаң. Күндеги әдети менен Гүлшийра үйди айланып бираз ўақыт самаллап жүрди. Оған таза ҳаўада жүрген унайды, бир жағынан ўақыт өтсин дейди. Ишке барғаны менен тысырлап қуры бәриниң уйқысын бузады. Жаз мәўсиминиң ақырғы айы болғанлықтан мийзан түскенликтенбе таңғы азырақ аяз бар.  Сырттағы гөнерген сыпаның үстине келип отырды. Бир ўақытлары усы сыпада ата-анасы, ини -сиңлилери бәри биргеликте аўқатланып, сөйлесип отырар еди. «Атадан алтаў туўсаңда, Ўатаныңа жалғызсаң» дегениндей үйленип өз алдына шаңарақ тиклеп кеткен инилери менен турмысқа шығып кеткен еки сиңлиси өз күнине аман болсын деп тилейди ол. Туўысқанлары ол ушын изли-изинен көз жумып, көрген мийнетлериниң рәҳәтин көре алмай кеткен ата-анасынан қалған аманатлары.

-Қарағым Гүлшийра. Мениң тақаным таўсылып турған қусайды. Әкеңниң кеткенине де бираз ўақыт болды. Буларды өзим үйли, жайлы етермен десем, мениң де демим жетежақ емес. Туўысқанларың енди саған аманат қызым. Оларды оқыйман десе оқыт, үйлендир, сиңлилериңди узатыўға бас болғайсан. Саған әкеңниң жалғыз қарындасы Қаракөз  бенен сиңлим Мапруза апаң жәрдемин береди. Өзиңниң де  бахтың жанып, жулдызың жоқары болғай. Анасының жатақта жатып, соңғы күнлеринде берген ақыл-нәсияты ол ушын бир өмирге мийине орналасып, хат пенен қәлем болды. Ақыры, ол «үкелеримди хор-зар етпеймен, кеўлиң қәтержам  болсын Анажан» деп сөз бердиғой.

Анасынан жетим қалғанында Гүлшийра мектептиң оныншы класында оқып атырған ўақытлары еди. Қыз болып қатары менен ойнап күлип, оқып, қәнигелик ийелейтуғын дәўирлеринде  ол  туўысқанларына бас-қас болып, үйде тамағын асып, кирин жуўып, тәртибин бақлап, тигиўшилик өнери менен пул таўып, шаңарақ тербетиў менен өтти.

Узын бойы менен узын  шашы өзине жарасып, жүргенинде  шаққан қыймылы менен оттай лаўлап туратуғын гөззал қыздың ашығы да көп болды. Жасы  үлкенлериниң алдынан өтип, келин етип алайын деўшилер де баршылық еди сол гезлери. Олардың ишинде классласы Есемурат оған шын ашық болып ышқында жанып, узақ ўақыт жуўабын күтип жүрди. Гүлшийра да оған бийпарық емес еди. Лекин, ол өзиниң емес туўысқанларының бахтын ойлады. Мен турмыс қурып кетсем, булардың жағдайы не болады деп сабыр етти, бирин оқытты, бирин турмысқа берди. Солай  етип, жыллар дизбеги менен гөззал жаслықтың татлы демлери өтип кетти. Енди қараса, қатарлары қашшан қызларын узатып, улларын үйлендирип, ақлықлы болып отыр. Туўысқанларының өнип-өсип кеткен бахытлы өмирлерин көрип қуўанады, лекин өз өмири, гөззал жаслық жыллары ағын суўларда мәзи ағып кеткен ылайсуўдай екенлигин еслесе ишлери от болып жанады. Оның өкинишине де үлкен себеп бар еди.

-Қашанға шекем бизлер менен жасайды. Қашан көрсең турмысымызға араласып отырады. Мине, жасы да қырық үшке келди. «Қыз қартайса қазы болады» дегени рас екен негизи. Тап бизиң үйимиздиң нағыз қазысы. Қашан қутыламыз буннан. Қайнағаның үйинде болса да боладығо тап. Я қатыны-патыны өлген биреў болса  қутылайық буннан.

-Жап аўзыңды. Не жумысың бар сениң. Саған жақпаса жақпас. Бирақ ол бизлер ушын өз бахтынан кешип, өмирин бизлерге арнаған туўысқаным. Әке орнына әкем, ана орнына анам. Не жаманлық көрдиң. Жақпаса шығып кет.

Иште келини менен инисиниң урысып атырған даўысларын еситип қалған Гүлшийраның ишине муз түскендей болды. Кеше сиңлисиниң үйине барып қонып келип турған оны байқамаған келини үйде бар даўысы менен шаўлап атыр.

-Билмеймен мен. Дым шаршадым. Өзиңде ойланып көр. Түскениме тоғыз жыл болды. Сирә бир ерким өзиме тийисеме. Бир мәселени соған ойласпай шеше алмайсызғо сирә…

Гүлшийра ишке кирерин я шығып кетерин билмеди. Соның арасынша иште ўай-ўайлаған келининиң даўысы еситилди. Қапы ашылды да ол сыртқа атлығып шықты:

-Ҳее, гәп тыңлап турсызба еле. Сизге мени өлтиргени жақсығо,-деп оны көрген келини және зәҳәрдей тилин шубалтты. Көриң мине, сениң себебиңнен иниң өлтире жазлады,-деп жайылып кеткен шашын жыйнап жүзиниң көгерген жерин көрсетти. Соның арасынша иниси де иштен шықты.

-Жап деймен саған аўзыңды.

-Яқ, Рүстем сөйлей берсин. Иши толып қалған екен босатсын.

-Яқ, әжапа мен буны өлтиремен. Тилин кесип аламан.

-Олай етпе. Рас айтып атыр. Барлық гәпи дурыс. Мен бул үйде артықша адамман. Қашшан-ақ, өз бахтымды ойлап бул үйден кетиўим керек еди. Мен қәтелесиппен. Сизлердиң бахтыңыз деп өз бахтымнан кешкен екенмен иним. Мениң ушын уйып отырған шаңарағыңды бузба. Мен кетемен, кеўлиңизди қәтержам ете бериң.

Гүлшийра сол күннен баслап үлкен инисиниң үйинде жасай баслады. Арадан көп өтпей ол жерде де өзин артықша сезе баслады. Сиңлисиниң үйинде болды оған да сыйыспады. Ақыры өз алдына кирейге шығып кетти. Қолы гүл тигиўши болғанлықтан ол қай жерде де өз несийбеси, өзи менен жүретуғын еди.  Арадан үш ай өткеннен соң келини Ырысгүл автоаварияға ушырап қалды. Жатақта жатып қалған келинине қарасатуғын буннан қолайлы адам жоқ еди. «Әжапа бир ашыўыңды бер, мен ушын оны кешир. Сизди сағындық. Балалар да сизди сағынып жүр», деп келген инисиниң гәпин қыймай ол  әке үйине қайтып, өзин сыйыстырмаған келининиң ыссы суўығына қарап  бағады. Қәйинбийкесин көрген келини жылап-сықлап кеширим сорады, кеширдим дегени менен иши ҳеш жылымас еди оның. Үш айға шамалас ўақыт өткеннен соң келини аяққа турды…

Бүгин ол тигиў цехын ертелеў жаўып, үйге қайтпақшы болды. Жаңа кийинип атырғаны сол қапы қағылып, бир жигит кирип келди. Қараса классласы Есемурат. Семирип, қарны шығып үлкен киси болып кетипти. Ағарған шашлары өзине жарасып, салдаманлы адам болып қалыпты.

-Ҳаў Есемурат кел. Қалайсаң.

-Шүкир жақсы. Өзиң қалайсаң. Аўылдағы тигиў цехын басқарып, гөззал қыз болып жүрсеңбе еле.

-Аўа. Ҳаялыңа көйлек тиктирейин деппедиң.

-Яқ. Алла жанын жәннетте етсин, ҳаялым енди көйлек кийе алмайды. Мен турмыстың ендиги жағындағы қурақ көйлегин тиктирейин деп келдим.

-Я. Ол қандай көйлек екен?

-Орынланбаған әрманлардың орынланыўы деген көйлек. Есемураттың бул сөзине екеўи де қосыла күлип жиберди…

Гүлнара Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги