Путин Трамп пенен ушырасыўда қандай талаплар қояды?

Владимир Путин ҳәм Дональд Трамптың Россия-Украина урысы бойынша сөйлесиўлер өткериўи күтилмекте, деп хабар бермекте хабар.уз.
Bloomberg басылымының Кремльдеги дереклерге сүйенип мәлим етиўинше, ушырасыў барысында Путин Украинадан НАТО менен әскерий байланысларды үзиў ҳәм шекленген армияға ийе нейтрал мәмлекетке айланыўын талап етеди. Соның менен бирге, Кремль Арқа Атлантика алянсының айрықша мәмлекетлери Киевти еки тәреплеме қәўипсизлик келисимлери шеңберинде қурал-жарақ пенен тәмийинлеўине қарсы емес, бирақ бул қураллар Россияға ҳәм ол тәрептен басып алынған Украина аймақларын қайтарыў ушын қолланылмаўы керек. Россия басып алған Украина аймағының кеминде 20 проценти үстинен қадағалаўды сақлап қалыўын талап етеди. Буған аннекция етилген Қрым да киреди, делинеди хабарда.
Қарақалпақстан хабар агентлиги