Караматдин Султановтыӊ «Әжинияз» китабы қайта баспадан шықты

Кейинги ўақытларда басқа тиллерде жәрияланған шығармаларды қарақалпақ тилине аўдарыў, алдын басып шығарылған, оқыўшылар тәрепинен сүйип оқылатуғын китапларды қайта басып шығарыў, оны тарқатыў жумысларына айрықша дыққат-итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, жақында «Plato books», «Booky» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы ҳәм «Айдынлар» жойбары тәрепинен дүнья көлеминде бестселлерге айланған француз жазыўшысы Антуан де-Сент Экзюперидиң «Кишкене шаҳзада» китабының қарақалпақ тилиндеги аўдармасы 2000 нусқада баспадан шығарылып, китапқумарлар тәрепинен жақсы күтип алынды.
«Plato books», «Booky» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы ҳәм «Айдынлар» жойбары бундай ийгиликли ислерди даўам еттире отырып, және бир китапты қайтадан басып шығарыў исин қолға алды. Бул китап Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Караматдин Султановтың «Әжинияз» романы. Бул роман буннан алдын бир нешше мәрте басылып шыққан. Халқымыз тәрепинен сүйип оқылатуғын дөретпелердиң бири. Сонлықтан, оқыўшылардың талабын қанаатландырыў мақсетинде усы китап қайтадан басып шығарылды.

Ҳүрметли Журтбасшымыз тәрепинен алға қойылған «Бес баслама» жойбарының төртинши басламасы жасларды китапқумарлыққа қызықтырыў ҳәм бағдарлаўға қаратылған илажлар жаслар турмысында өз нәтийжесин көрсетпекте. Атап айтқанда, «Зийрек китапқумар», «Жас китапқумар», «Жас китапқумар шаңарақ», «Зәкаўат» интеллектуаллық таңлаўлары бир мақсет жолында бирлеседи яғный, жаслардың китап оқыўға қызығыўшылығын арттырып илим, билим ийелеўге ийтермелейди.
Жаслардың китапқумарлыққа деген қызығыўшылықларын және де арттырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, «Plato books» ЖШЖ, «Booky» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы ҳәм «Айдынлар» жойбары менен биргеликте китаплар дүньясы ушын әжайып жаңалық бола алатуғын жаңа басламаны алға қойды. Дүнья жүзиндеги баҳалы шығармаларды қарақалпақ тилиндеги аўдармаларын жаратыў, қарақалпақ тилинде баспадан шығарыў, сондай-ақ оның аудио вариантын ҳәм оны фильм көринисинде таярлаў болып есапланады. Жаслар өз креативлиги менен дүнья әдебияты дүрданаларын қарақалпақ тилине аўдарып жаслар арасында китапқумарлықты раўажландырыў ушын өз үлесин қоспақта.
Сондай-ақ, бул китаптың қайтадан басылып шығарылыўы, оның тарқатылыўында жазыўшының ақлықлары Мирсаид ҳәм Әжиниязлардың хызметлери үлкен. Бул инсанлар ҳәзирги ўақытта исбилерменлик пенен шуғылланып, халқымызға ийгиликли хызмет көрсетпекте.
Бүгин, Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Қарақалпақстан халық жазыўшысы Караматдин Султановтың «Әжинияз» китабының презентациясы болып өтти.

Презентацияда 200 ге шамалас қатнасыўшылар, атап айтқанда, жоқары ҳүкимет басшылары, студентлер, белсенди жаслар, жеке брендине ийе исбилерменлер, китапқумарлар, жазыўшы, шайырлар ҳәм ҒХҚ ўәкиллери қатнасты. Илажда китаптың жоқары сапада басып шыгарылғаны, жаслар арасында китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў ҳәм қарақалпақ, өзбек ҳәм дүнья классик әдебиятына қызығыўшылықты арттырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Китап презентациясында баянатшылар ҳәм шығып сөйлеўшилер жазыўшы китабыныӊ мазмун-мәнисин илимий, көркемлик жағынан ашып бериўге еристи.
Жазыўшының «Әжинияз» атамасындағы тарийхый шығармасы XIX әсирдеги қарақалпақ әдебиятының уллы классик шайыры Әжинияз Қосыбай улының өмиринен алып жазылған. Шығарманың мазмуны Әжинияздың жаслық гезиндеги халық өмириниң социаллық қарама-қарсылығына қурылған. Романда бала жигит Әжинияздың тәғдирине байланыслы көп ҳәрекетлерди сүўретлеген. Ол Қулымбет бай, Халмурат бай, Машариплердиң халықты жөнсиз азапланыўына наразы болып, оларға қарсы гүрес апарады, әкеси Қосыбай, Өтемурат, Ережеп, Қайыплардың исине сүйсинип қарайды. Бул роман кейинги дәўирде бир қанша илимпазлардың дыққат орайында болды. Мәселен, М.Нурмухаммедов, К.Худайбергенов, Ж.Нарымбетов, Ә.Қожықбаев, З.Насурыллаева ҳ.т.б. илимпазлар бул роман туўралы өзлериниң баҳалы пикирлерин билдирген.

Жаслар басламасы ҳәм мәмлекет басшыларының қоллап-қуўатлаўы менен қарақалпақ әдебиятының бул дөретпеси 1000 нусқада басып шығарылды.
Бул баслама китапқумарларды, әсиресе, жасларды китапқумарлыққа бағдарлаўда әҳмийетли басламалардың бирине айланары сөзсиз.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы