Айдаўшылық гүўалығы жәрдеминде банк хызметинен пайдаланыў мүмкин

Хабарыңыз бар, 2021-жыл 26-январьдағы Өзбекстан Республикасы Орайлық банки тәрепинен қабыл етилген қарарларға бола, (мәмлекетлик саны 3285) пуқаралар паспорт пенен бирге ID-карта ямаса миллий айдаўшылық гүўалығы арқалы да банк хызметлеринен пайдаланыўы мүмкин. Сондай-ақ, Президенттиң «Өзбекстан Республикасында идентификация ID-карталарын енгизиў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық 2021-жылдан баслап ID-карталар бериледи.
Соның менен бирге, Министрлер Кабинетиниң «Ишки ислер уйымлары системасында мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң сапасын және де жетилистириў ҳәм тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының 6-бәнтине муўапық жаңа үлгидеги миллий айдаўшылық гүўалығына шахсты тастыйықлаўшы рәсмий мәмлекетлик ҳүжжет статусы берилди.
Қарарға муўапық Орайлық банк басшылығы тәрепинен қабыл етилген 7 нормативлик-ҳуқықый өзгерислер киргизилди. Оған муўапық пуқаралар паспорт пенен бир қатарда идентификация ID-карталары ямаса миллий айдаўшылық гүўалықларын көрсетип, банк хызметлеринен пайдаланыўы мүмкин.
Жаңа үлгидеги миллий айдаўшылық гүўалығы шахсты тастыйықлаўшы рәсмий мәмлекетлик ҳүжжет статусына ийе болғаны себепли, ол банк хызметлерин көрсетиў процесинде паспорттың орнын баса алады. Сондай-ақ, есап бет ашыў, кредит ямаса депозит хызметлеринен пайдаланыў, банк пластик карталарын рәсмийлестириў мүмкин.
Еслетип өтемиз, жаңа үлгидеги айдаўшылық гүўалығы болса, банкке ID-карта ямаса паспорт алып барыў шәрт емес.
Ш.Маматуропова, ӨзА