Футзалшыларымыз Австралия менен ойнайды
369

Көпшилик спорт жанкүйерлерине белгили болғанындай, Ташкент қаласында ҳаял-қызлар арасында футзал бойынша Азия кубогиниң таңлап алыў басқышы болып өтпекте.
Бүгин сайланды командамыз ағзалары усы топардағы тийкарғы қарсыласымыз есапланған Австралияға қарсы ойынға түседи.
Ушырасыў Ташкент ўақты менен саат 18:00де «Юнусабад» спорт комплексинде болып өтеди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы