Өзбекстанның турақлы келешеги ушын тийкар болатуғын бағдарлама

Мүнәсибет
Кеше ғана “Өзбекстан – 2030” стратегиясын “Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм “жасыл” экономика жылы”нда әмелге асырыў бойынша мәмлекетлик бағдарлама жойбары кең жәмийетшиликтиң додалаўы ушын жәрияланды. Бул тарийхый ҳүжжет мәмлекетимиз турмысы ушын өзиниң әҳмийетлилиги, ал экология тараўында регионаллық ҳәм халықаралық көлемдеги ең зәрүрли бағдарларды қамтып алғаны, “жасыл раўажланыў” бойынша Өзбекстанның айрықша раўажланыў жолын белгилеп берип атырғаны менен әҳмийетли.
Дәслеп, 2025-жыл елимизде “Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм “жасыл” экономика жылы” деп жәрияланғанын мәмлекетимизде инсан ҳәм тәбияттың муўапықлылығына сүйенген күшли демократиялық мәмлекетти қурыўға тийкарланған турмыслық идеяның әмелдеги көриниси болды, деўимиз мүмкин. Мәмлекетимиз басшысының бул усынысын пүткил халқымыз, халықаралық жәмийетшилик көтериңкилик пенен қарсы алды. Бул усыныс тәбияттың бүгинги шақырығына мүнәсип жуўап.
Дүньядағы болып атырған үлкен экологиялық кризислерге қарсы турыў ушын бундай қатнас оғада зәрүр екенин бүгин ҳәммемиз сезинип турыппыз. Атмосфера ҳаўасының патасланыўы, өнимли топырақлардың деградациясы, шөллениў, қум ҳәм дузлы шаңғытлар, климат өзгериўи, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы түрлериниң азайып баратырғаны, ишимлик суўының жетиспеўшилиги, озон қатламының жемирилиўи, азық-аўқат қәўипсизлиги сыяқлы бир қатар мәселелерге дүнья жәмийетшилигиниң биргеликте шешим излеўи ең мақул көзқарас екени тән алынбақта. Бирақ бунда, биринши гезекте, ҳәр бир мәмлекет көлеминде әмелге асырылатуғын жумысларға үлкен итибар қаратылыўы зәрүр.
“Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм “жасыл” экономика жылы” мәмлекетлик бағдарламасы жойбарында мәмлекетимизде экологиялық турақлылыққа ерисиў, “жасыл экономика”ға өтиў, тармақ ҳәм тараўлардың үнлес “жасыл трансформация”сын әмелге асырыў, климат өзгерисине бейимлесиў және оның ақыбетлерин жумсартыў, халықтың жасаў жағдайын жақсылаў ҳәм экономикалық өсиўдиң жаңа, “жасыл раўажланыў” моделине өтиў бойынша оғада көплеген зәрүр ўазыйпаларды әмелге асырыў нәзерде тутылмақта. Әҳмийетли тәрепи, бүгинги күнде халықаралық көлемде көпшилик мәмлекетлердиң бул жолға өтиўи зәрүрлиги жийи-жийи айтылмақта. БМШ, ЖДСШ ҳәм басқа абырайлы халықаралық шөлкемлер инсаният келешеги “жасыл раўажланыў” екенин түсиндирип атырған бир ўақытта Өзбекстан бириншилерден болып сол бағдардағы мәмлекетлик бағдарламаны әмелге асырыўға кириспекте.
Бул ҳүжжеттиң мазмун-мәнисине итибар қарататуғын болсақ, қойылған ўазыйпалардың орынланыўы бир ямаса бес жыл менен шекленбейди. Быйылғы жылда раўажланыўдың белгилеп қойылған әҳмийетли бағдарлары келешек әўладлар ушын да мүнәсип турмыслық шараятлардың жаратылыўына хызмет етиўи, халқымыздың алдағы жүз жыллықлардағы турмысына тийислилиги менен де әҳмийетли болып есапланады. Бундай кең қамтылған, экологиялық мәселелерди өз ишине алған, инсан ҳәм тәбият арасындағы тең салмақлылықты тәмийинлеў мәселеси терең ойланған бағдарламалық ҳүжжет Өзбекстан тарийхында дәслепки мәрте қабыл етилип атырғанын атап өтиўимиз керек.
Мәмлекетлик бағдарламаның мазмунына, белгиленген әҳмийетли бағдарларының мазмун-мәнисине итибар қаратсақ, олардың ҳәммеси инсан ушын, халқымыздың абадан турмыс кешириўи, ҳәзирги ўақытта да жақсы, саў-саламат жасаўы ушын гезектеги исенимли қәдем екенин көриўимиз мүмкин.
Мәмлекетлик бағдарлама жойбарынан Өзбекстан Экологиялық партиясының сайлаў алды бағдарламасында нәзерде тутылған әҳмийетли басламалардың ҳәм партиямыз усынысларының орын алғанлығын да айрықша атап өтиўимиз керек. Бул нәрсе партиямызға, депутатлар корпусына, улыўма, мәмлекетимиз келешегине бийпәрўа болмаған ҳәр бир жерлесимизге үлкен жуўапкершиликти жүклейди. Мәмлекетлик бағдарламада белгиленип атырған ҳәр бир мәселени толық түрде ҳәм сапалы орынлаўда, депутатлық ҳәм жәмийетлик қадағалаўды алып барыўда, сапалы нызам ҳүжжетлериниң қабыл етилиўинде тиккелей Өзбекстан Экологиялық партиясының Нызамшылық палатасындағы ҳәм жергиликли Кеңеслердеги депутатлары ҳәр қашанғыдан да белсендилик көрсетиўи зәрүр.
Мәселен, кең жәмийетшилик, халықаралық ҳәм жергиликли экобелсендилер, Өзбекстан Экологиялық партиясы ҳәм Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигиниң усынысын инабатқа алған ҳалда 2025-жыл 1-майдан баслап Ташкент ҳәм Нөкис қалалары және ўәлаят орайларында қоршаған орталыққа, инсанлардың саламатлығына зыяны үлкен болған жаңа жойбарларды әмелге асырыўға тыйым салыў усыныс етилип атыр. Ямаса мәмлекеттиң барлық аймақларында жайласқан ыссылық ҳәм электр энергиясын ислеп шығарыўшы кәрханаларда жанар май ретинде мазуттан пайдаланыўды қадаған етиў усынысы киргизилген.
Бул усыныслар партиямыз ҳәм кең жәмийетшиликтиң кеўлиндеги гәп, соның менен бирге, бүгинги қоршаған орталық, қалаларымыздың ҳаўасы тазалығын тәмийинлеўде зәрүр қәдем болғаны ушын да биз жойбарды үлкен көтериңкилик пенен қарсы алдық.
Сондай-ақ, ишимлик суўы мәселесин алайық. Мәмлекетлик бағдарлама жойбарында жылына қосымша 2,5 миллиард метр куб суўды үнемлеўге ерисиў, 390 мың гектарлық аўыл хожалығы жер майданларының суў тәмийнатын жақсылаў нәзерде тутылмақта. Дүнья көлеминде болжанып атырған суў жетиспеўшилиги ҳәм Өзбекстан регионы да усы “қәўипли аймақ”та белгиленгенин инабатқа алсақ, бул өз ўақтында көрилип атырған зәрүр шаралар екенине гүман жоқ.
Буннан бес жыл алдын Өзбекстанда “жасыл энергетика”ның үлеси дерлик “ноль’”ге тең еди. Өткен қысқа ўақыт ишинде – 2023-жылы мәмлекетимизде қайта тиклениўши энергия дәреклери 16 процентке жетти.
Быйылғы мәмлекетлик бағдарламада усыған байланыслы илажларды пүткиллей жаңа басқышқа көтериў бойынша анық ўазыйпалар қойылмақта. Қайта тиклениўши дәреклерди иске түсириў ҳәм олардан пайдаланыўдың жаңа, өзине тартатуғын тәреплери халқымызға усыныс етилиўи нәзерде тутылмақта. Атап айтқанда, халық ҳәм исбилерменлик субъектлери тәрепинен қайта тиклениўши энергия дәреклеринен кең пайдаланыўды хошаметлеў мақсетинде 2025-жыл 1-апрельден баслап шығындылар утилизациясы есабынан, самал ҳәм қуяш дәреклеринен ислеп шығарылған электр энергиясы ушын “жасыл тариф”лерди енгизиў усыныс етилмекте. Бул “жасыл” энергиядан пайдаланып атырған халқымыз ушын да, исбилерменлеримиз ушын да үлкен мүмкиншилик ҳәм жеңиллик болып табылады.
Әлбетте, партиямыз ҳәм фракциямыз бенен биргеликте мәмлекетлик бағдарлама жойбарын терең талқылаймыз ҳәм Өзбекстан Экологиялық партиясының бағдарламалық мақсетлеринен келип шыққан ҳалда өз усынысларымызды билдиремиз. Улыўма қоршаған орталықтың ҳәм өзиниң саламатлығына, қалаберсе, жәмийетимиздиң ертеңги күнине бийпәрўа болмаған ҳәр бир жерлесимиз бул мәмлекетлик бағдарлама жойбарын додалаўда да, соң оның орынланыўында да белсене қатнасатуғынлығына исенемиз.
Абдушукур ҲАМЗАЕВ,
Олий Мажилис Нызамшылық палатасындағы
Өзбекстан Экологиялық партиясы фракциясының баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги