Президент басшылығында видеоселектор мәжилиси басланды. Онда инвестиция мәселелери көрип шығылмақта.

Ашықлық ҳәм күшли инвестиция сиясаты нәтийжесинде экономикамыз турақлы өсип киятырғаны атап өтилди.

Атап айтқанда, 2024-жылы жалпы ишки өним 6,5 процентке артып, 115 миллиард долларға жетти, сырт ел инвестициясы 1,6 есеге өсип, 34,9 миллиард долларды қурады, баҳасы 10 миллиард долларлық 242 ири ҳәм орта жойбарлар иске қосылды, экспорт биринши рет 27 миллиард долларға шықты.

Өткен жылы 50 районға 100 миллион доллардан көп қаржы кирип келди (2023-жылы бундай районлар 11 еди).

Давлатабад, Янги Наманган, Мырза Улығбек, Чиланзар, Шайхантаҳур районлары, Наманган ҳәм Самарқанд қалаларында инвестициялар 300 миллион доллардан артқан.

Таў-кән, нефтьгаз, химия, аўыл хожалығында реже 2 есеге артығы менен орынланды.

ӨзА