Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында инвестицияларды кеңнен тартыў ҳәм экспортты арттырыў бағдарындағы жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм келешектеги тийкарғы ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

Жетерли шараят болып турып, инвестиция режеси тоқымашылықта 17 миллион долларға аз орынланғаны, инвестиция «Өзтрансгаз» ҳәм «Өзметкомбинат»та 2 есеге, «Өзсуўтәмийнат»та 20 процентке азайғына көрсетип өтилди.

Бул шөлкемлердиң басшылары быйыл биринши шеректе өзгерис ислемесе, олардың жумысына баҳа берилиўи ҳаққында қатаң ескертилди.

Экология, Аўыл хожалығы министрликлери, Мәмлекетлик активлер, Фармацевтика ҳәм Тоғай хожалығы агентликлеринде грант алып келиў режеси 25 процентке де орынланбағаны, Қурылыс, Транспорт, Мәденият министрликлери, Туризм комитети алып келген гранты болса 10 миллион доллардан төмен болғаны сынға алынды.

Улыўма, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи, Денсаўлықты сақлаў, Транспорт, Спорт, Жоқары билимлендириў министрликлериниң инвестиция ҳәм грант алып келиўи бар имканиятларға пүткиллей сәйкес емеслиги көрсетип өтилди.

Имканияты жоқары болған Франция, Италия, Венгрия, Малайзия, Испаниядан өткен жылы 100 миллион доллар да инвестиция келмегени атап өтилди.

ӨзА