Өзбекстан Республикасында космослық изертлеўлерди раўажландырыў ҳәм усы тараўдағы қатнасықларды тәртипке салыў мақсетинде «Космослық жумыс ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилди. Нызамға Президент тәрепинен 2025-жыл 13-январьда қол қойылып, рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди. Онда космослық жумыстың нызамлы тийкарлары белгилеп берилген болып, бул бағдарда мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигин арттырыў нәзерде тутылған.

Бул Нызамда космослық жумыстың тийкарғы мақсетлери сыпатында Өзбекстанның турақлы социаллық-экономикалық раўажланыўына үлес қосыў, қорғаныў қәбилетин беккемлеў ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў белгиленген. Сондай-ақ, космослық изертлеўлерден экономикалық, экологиялық, илимий ҳәм мәлимлеме тараўларында пайдаланыў арқалы мәмлекеттиң ҳәр қыйлы тараўларын раўажландырыў нәзерде тутылған. Нызам космослық изертлеўлердиң халықаралық бирге ислесиў шеңбериндеги нәтийжелилигин де арттырыўға хызмет етеди.

Космослық изертлеўлер ҳәм технологиялар агентлиги усы тараўда арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым етип белгиленди. Министрлер Кабинети болса космослық жумыс бойынша бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўды тәмийинлейтуғын тийкарғы уйым сыпатында атап өтилди. Қорғаныў министрлиги болса космослық имканиятлардан қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәплеринде пайдаланыў, сондай-ақ, әскерий космослық технологияларды жаратыў жумысларын муўапықластырыў ўазыйпасын атқарады.

Нызамға муўапық, космослық системалардың бир неше түрлери анық белгиленген. Олар төмендегилерден ибарат: Жерди аралықтан зондлаў, космослық мониторинг, мәмлекетлик космослық мониторинги, космослық байланыс системасы, жоқары анықлықтағы жасалма жолдас навигация системасы ҳәм басқа да илимий ҳәм коммерциялық мақсеттеги космослық системалар. Булардың барлығы заманагөй технологиялардан нәтийжели пайдаланыў имканиятын береди.

Нызамның қабыл етилиўи Өзбекстанда космослық изертлеўлер ҳәм технологияларды раўажландырыў, мәмлекетлик қәўипсизликти беккемлеў, илимий изертлеўлерди күшейтиў ҳәм экономиканы жоқары технологиялық шешимлер менен тәмийинлеўге бағдарланған. Бул ҳүжжет космослық изертлеўлер тараўындағы халықаралық бирге ислесиўди және де раўажландырыў ушын ҳуқықый тийкар жаратады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги