Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Шайх Муҳаммад бин Зоид Ол Наҳаянның мирәт етиўине бола рәсмий сапар менен усы мәмлекетте болды.
15-январь күни Абу-Даби қаласындағы “Қаср аш-Шати” резиденциясында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Шайх Муҳаммад Ол Наҳаян тар шеңберде ҳәм рәсмий делегациялар ағзаларының қатнасыўында сөйлесиў өткерди.
Ушырасыў алдынан Өзбекстан Президенти БАӘ Президентине сапар менен келиўге мирәт еткени ҳәм қызғын қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирди ҳәм “Абу-Даби турақлы раўажланыў ҳәптелиги” табыслы өткерилгени менен қутлықлады.
Мәмлекет басшылары Өзбекстан – БАӘ дослық ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиў байланысларын, соның ишинде, сиясат, саўда-экономика, инвестиция, инновация, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа тийкарғы тараўларды және де раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелерин додалады.
Өзбекстан ҳәм Әмирликлер халықларын ортақ тарийхый тамырлар, уқсас дәстүр ҳәм қәдириятлар, муқаддес ислам дини беккем байланыстырып турғаны атап өтилди.
Өзбекстан жетекшисиниң БАӘға сапары еки тәреплеме байланыслар тарийхында жаңа бет ашып – олар стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилип атырғаны атап өтилди.
Соңғы жыллары товар алмасыў ҳәм инвестициялар көлеми, биргеликтеги кәрханалар саны бир неше есеге артты. Тиккелей авиақатнаўлар саны көбейди, визасыз тәртип енгизилди.
Сапар шеңберинде БАӘниң жетекши компаниялары менен жаңа, тийкарынан жоқары технологиялық тармақларда жойбарлар портфели қәлиплестирилди.
Сиясий байланысларды және де беккемлеў мақсетинде еки мәмлекет сыртқы ислер министрликлери арасындағы байланысты және де раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Жетекшилер экономикалық бирге ислесиўдиң жаңа моделин, соның ишинде, жасалма интеллект, санластырыў, “жасыл” энергетика, қала қурылысы ҳәм инфраструктура, туризм, жеке бизнес сыяқлы 6 тийкарғы бағдарды белгилеп алды. Ҳәр бир тийкарғы тараў бойынша жумысшы топарлар шөлкемлестириўге келисти.
Тәреплер 2025-2027-жылларды “Өзбекстан ҳәм БАӘ арасындлағы экономикалық бирге ислесиўдиң жаңа дәўири” деп жәриялаў усынысын қоллап-қуўатлады.
Усы мәнисте, 2030-жылға шекем өз-ара саўда көлемин 10 есеге көбейтиў ҳәм инвестициялар портфелин 50 миллиард долларға жеткериўге қаратылған илажларды әмелге асырыў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленди.
Өзбекстан еки мәмлекет исбилермен топарлары арасындағы байланысларды және де беккемлеў ҳәм БАӘ компанияларының елимиздеги инвестициялық жумысын кеңейтиўден мәпдар екенлиги атап өтилди.
Мәдений-гуманитарлық алмасыў көлемин арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Мәмлекетимиз басшысы Муҳаммад бин Зоид атындағы университет пенен биргеликте жоқары маманлықтағы кадрлар таярлаў ҳәм жасалма интеллект тараўында илимий изертлеўлер алып барыў бойынша биргеликтеги бағдарламаны иске қосыўды усыныс етти.
Сөйлесиўлер даўамында болажақ жоқары дәрежедеги илажларға, соның ишинде, усы жылы Самарқанд қаласында өткерилетуғын “Орайлық Азия –Араб қолтығы араб мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси” сөйлесиўин екинши саммитине таярлық мәселелери додаланды.
Жетекшилер халықаралық сиясаттың әҳмийетли тәреплери бойынша да пикир алысты.
Абу-Даби қаласында Өзбекстан Республикасы ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери Президентлери арасында болып өткен сөйлесиўлер жуўмағында төмендеги ҳүжжетлерге қол қойылды:
- Стратегиялық шериклик орнатыў ҳаққында декларация;
- Инвестицияларды өз-ара хошаметлеў ҳәм қорғаў ҳаққында ҳүкиметлераралық келисим;
- Қаржылай-технологиялық бирге ислесиў ҳаққында ҳүкиметлераралық келисим;
- Стандартластырыў, метрология ҳәм муўапықлықты баҳалаў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;
- Инвестициялар, санаат ҳәм алдыңғы технологиялар, әдиллик, аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги, пайдалы қазылмалар тараўларында бирге ислесиў ҳаққында уйымлараралық келисимлер;
- Мәденият тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында протокол, Дипломатиялық академиялар арасында бирге ислесиў ҳаққында келисим ҳәм басқалар.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Абу-Даби қаласына сапары шеңберинде Бирлескен Араб Әмирликлери Вице-президенти Шайх Мансур Ол Наҳаян менен ушырасыў өткерди.
Көп тәреплемели бирге ислесиў ҳәм тийкарғы бағдарлардағы әмелий шерикликти және де кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Өзбекстан –БАӘ байланысларын стратегиялық шериклик дәрежесине алып шыққан жоқары дәрежедеги тарийхый сөйлесиўлердиң жуўмақлары миннетлардшылық пенен атап өтилди.
Күни кеше Бирлескен Араб Әмирликлериниң жетекши компания ҳәм холдинглери басшылары менен ерисилген келисимлер толық әмелге асырылыўы қоллап-қуўатланды.
Ушырасыўда өз-ара саўда ҳәм инвестициялар көлемин және де арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Турақ жай ҳәм транспорт инфраструктурасы, энергетика, таў-кән санааты, қала қурылысы, санластырыў ҳәм басқа тараўларды раўажландырыў бойынша кооперация жойбарларын алға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Жасалма интеллект бойынша, соның ишинде, тараў қәнигелерин таярлаў бойынша биргеликтеги жойбар ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыў перспективалы бағдар сыпатында белгиленди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Бирлескен Араб Әмирликлерине рәсмий сапары шеңберинде Дубай қаласында БАӘ Вице-президенти, Бас министри Шайх Муҳаммад Бир Рошид Ол Мактум менен сөйлесиў өткерди.
Ушырасыўда болып өткен жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер нәтийжели болғаны ҳәм Өзбекстан – БАӘ байланысларын стратегиялық шериклик дәрежесине көтергени жоқары баҳаланды.
Мәмлекетлик басқарыўдың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм басқарыў кадрларын таярлаў сыяқлы тараўларда жедел сөйлесиўлер ҳәм нәтийжели бирге ислесиў алып барылып атырғанлығы миннетдаршылық пенен атап өтилди.
Жоқары технологиялар, санластырыў, инфраструктураны раўажландырыў ҳәм басқа перспективалы бағдарларда жаңа жойбарларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўға келисип алды.
БАӘдағы шериклер менен Өзбекстанда жасалма интеллект тараўында тығыз бирге ислесиўден мәпдарлық билдирилди. Дубайдың алдыңғы шешимлерин қала қурылыс тараўына, соның ишинде, Жаңа Ташкентте заманагөй инфраструктураны жаратыў шеңберинде енгизиўге айрықша итибар қаратылды.
Тәреплер жедел сөйлесиўди даўам еттириў ҳәм әмелий шерикликтиң барлық бағдарларында кең көлемли бирге ислесиўди раўажландырыўға келисип алды.
Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Бирлескен Араб Әмирликлерине рәсмий сапары жуўмақланды.
ӨзА