Нөкис районы аймағында жайласқан әскерий бөлимде 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 33 жыл толыўы мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.

Оған район ҳәкими З.Зайтов ҳәм сектор басшылары қатнасты. Онда район ҳәкими сөзге шығып,  офицер, сержант ҳәм әскерлерди, олардыӊ шаӊарақ ағзаларын бүгинги байрам менен қутлықлады.

Байрам мүнәсибети менен район ҳәкимлиги ҳәм әскерий бөлим тәрепинен таярланған ҳүрмет жарлықлары  ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.

Буннан соң районлық мәденият бөлими тәрепинен әскерий шығыўлар ҳәм концерт бағдарламалары жыйналғанлардың  нәзерине усынылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги